Barcha yangiliklar
Сайлаўшылары менен ушырасыўы ѳткерилди
Gallery image 20117
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
30 Noy 2024
10:59

Сайлаўшылары менен ушырасыўы ѳткерилди

Қараѳзек районы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 63-Қараѳзек сайлаў округинен депутат М.Абдиров районлық Кеӊес депутатлары М.Гулимбетов, Н.Тлеумуратов ҳәм Қ.Жақсымуратовлар Қутлы мәкан, Ата мәкан, Қуралпа ҳәм Қараѳзек пуқаралар жыйынлары сайлаўшылары менен ушырасыўы ѳткерилди. Ушырасыўда дәслеп депутатлар тәрепинен мәмлекетимизде әмелге асырылып атырылған реформалар барысы, сондай-ақ, жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўмат берилип, бул бағдарда Қараѳзек районында әмелге асырылыўы белгиленген жумыслар менен таныстырды. Ушырасыў даўамында сайлаўшылар тәрепинен мүрәжатларын билдирип қызықтырған сораўларына жуўаплар алынды. Депутат тәрепинен тийисли мәкемелер ўәкиллери менен биргеликте мүрәжатлардың орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўға алынды.