Barcha yangiliklar
Социаллық объектлер үйренилмекте!
Gallery image 175085
Gallery image 175086
Gallery image 175087
Gallery image 175088
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
30 Iyun 2026
16:17

Социаллық объектлер үйренилмекте!

Социаллық объектлер үйренилмекте!

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 5-санлы «К.Нурлыбаев» сайлаў округинен сайланған депутат- Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси секретариат баслығы М.Зарикеев ҳәм 10-санлы «А.Пирниязов» сайлаў округинен сайланған депутат К.Хамдуллаев Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 7-май күнги «Энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жойбарларды жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы 300-санлы қарары тийкарында капитал оңлаў жумыслары алып барылып атырған улыўма баҳасы 13 млрд. 350 млн. сўм болған райондағы 1080 орынға мөлшерленген 49-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, ол жердеги ири оңлаў жумыслары менен танысты. Ҳәзирги күнде бул мектепте оқыў, спорт заллары ҳәм басқада имаратларына капитал оңлаў жумыслары қызғын алып барылып, усы жыл жуўмағына шекем тапсырыў режелестирилген.
Мақсет, оңлаў жумыслары жуўмақланған соң бул объектте келешегимиз болған перизетлермиздиң ҳәзирги заман талапларына жуўап беретуғын оқыў орнында  сыпатлы билим алыўы ушын көп жыллар даўамында хызмет етери сөзсиз.