Barcha yangiliklar
ҮШ ӘЎЛӘД УШЫРАСЫЎЫ
Gallery image 174071
Gallery image 174072
Gallery image 174073
Gallery image 174074
Gallery image 174075
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
24 Iyun 2026
18:33

ҮШ ӘЎЛӘД УШЫРАСЫЎЫ

Бүгин Шымбай районы «Жипек жолы» МПЖ аймағында жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, үлкен әўләдтың бай турмыслық тәжирийбесин жас әўләдқа жеткериў мақсетинде «Үш әўләд ушырасыўы» илажы өткерилди.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков, районлық Айрықша жағдайлар бөлими баслығы Е.Арзуев, усы тараўда көп жыллар даўамында пидайылық пенен мийнет еткен тараў ветеранлары ҳәм белсене жаслары қатнасты.
Ушырасыў даўамында көп жыллық хызмет жолына ийе ветеранлар өзлериниң мийнет хызметлери, басынан өткерген қыйыншылықлары ҳәм топлаған үлкен тәжирийбелери, сондай-ақ, елимиздиң қәўипсизлигин тәмийинлеўде айрықша жағдайлар тараўы хызметкерлериниң орны ҳәм бүгинги күнде бул тараўда хызмет етиў ушын жаратылған имканиятлар ҳаққында сөз етилди.
Илаж соңында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына тараў қәнигелери ҳәм ветеранлардан жуўаплар алды.