Barcha yangiliklar
ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТҚАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎ – ДӘЎИР ТАЛАБЫ
Gallery image 161798
Gallery image 161799
Gallery image 161800
Gallery image 161801
Gallery image 161802
Gallery image 161803
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
16 Iyun 2026
10:48

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТҚАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎ – ДӘЎИР ТАЛАБЫ

ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТҚАНЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎ – ДӘЎИР ТАЛАБЫ

❗️Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың нызамлы ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў барысында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Усы бағдардағы жумыслардың даўамы сыпатында, “Темир жол гүзары” мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан 8-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыўға бағышланған ушырасыў болып өтти.

♻️ Ушырасыўда Халық депутатлары районлық Кеңеси баслығы О.Толыбеков ҳәм де "МАДАД" МКШ ўәкили С.Даўменов ҳәм 8-санлы МШБШ жуўаплы хызметкерлери қатнасты.

✅ Илаж даўамында жыйналғанларға мәмлекетимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформалар, мийнет, билимлендириў, медициналық хызмет ҳәм социаллық қорғаў тараўларындағы ҳуқықлары ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Сондай-ақ, ҳаял-қызлардың ҳуқықый билимлерин арттырыў, ҳәр қыйлы ҳуқықый мәселелер бойынша мәсләҳәтлер бериў және оларды қызықтырған сораўларға қәнигелер тәрепинен жуўаплар берилди.

✍️ Илаж қатнасыўшылары бундай ушырасыўлар ҳаял-қызлардың ҳуқықый саўатлылығын арттырыў ҳәм жәмийеттеги белсендилигин күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.