Barcha yangiliklar
Халық депутатлары  Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти
Gallery image 17857
Gallery image 17858
Gallery image 17859
Gallery image 17860
Gallery image 17861
Gallery image 17862
Gallery image 17863
Gallery image 17864
Gallery image 17865
Gallery image 17866
TILEUMURATOV SULTANBEK AMETOVICH
07 Noy 2024
14:59

Халық депутатлары  Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти

Бүгин, Халық депутатлары  Нөкис қалалық Кеңесиниң биринши сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Нөкис қалалык Кеңеси Регламентиниң 17-статьясына муўапық, сессия жумысын даўам еттирип қала ҳәкими, Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси баслығы А.Данияров басқарып барды.

Сессияның күн тәртибине төрт мәселе қойылды.

1- Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесине сайланған депутатлардың партия топарларын дизимге алыў;

2. Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң Регламенти ҳәм турақлы комиссиялар ҳаққындағы Нызамын тасыйықлаў;

3. Нөкис қаласы ҳәкимин тайынлаў ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң бийлигин тастыйықлаў;

4. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, район ҳәм қалалық Кеңеслери Қоспа мәжилиси Мәсләҳәт Кеңесине Нөкис калалық Кеңеси атынан талабанды усыныс етиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Депутатлар күн тәртибиндеги мәселелер бойынша қарар қабыл етти.

Усының менен биринши сессия өз жумысын жуўмақлады.

https://t.me/nokisdeputat