Barcha yangiliklar
#Депутат_мәҳәлледе
Gallery image 152796
Gallery image 152797
Gallery image 152798
Gallery image 152799
Gallery image 152800
Gallery image 152801
Gallery image 152802
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
26 May 2026
19:56

#Депутат_мәҳәлледе

Халық сайлаўлылары тәрепинен аймақлардағы социаллық объектлердиң жағдайын үйрениў, машқалаларды анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта

Усы бағдардағы илажлардың даўамы сыпатында, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенова «Кеңес» АПЖ аймағындағы 5-санлы шыпакерлик пунктиниң материаллық-техникалық базасын үйренди.

Үйрениў даўамында анықланған кемшиликлерди сапластырыў, мекемениң материаллық-техникалық базасын еле де бекемлеў ҳәм халыққа көрсетилетуғын медициналық хызмет сапасын арттырыў бойынша тийисли тараў қәнигелери менен илажлар белгилеп алынды. Сондай-ақ, Медициналық хызмет көрсетиў бөлмелериниң санитариялық-гигиеналық талапларға жуўап бериўи, халыққа биринши медициналық жәрдем көрсетиў ушын зәрүр болған үскенелер жағдайы ҳәм де шыпакерлер ҳәм келген бийтаптар ушын жаратылған қолайлылықлар үйренилди.

Аймақ турғынларының саламатлығын қорғаў, оларға заманауий ҳәм сапалы медициналық хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бағдарындағы депутатлық қадағалаў жумыслары даўам етпекте.