Barcha yangiliklar
Медициналық көрик
Gallery image 146797
Gallery image 146798
Gallery image 146799
Gallery image 146800
Gallery image 146801
Gallery image 146802
Gallery image 146803
Gallery image 146804
Gallery image 146805
Gallery image 146806
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
18 May 2026
21:04

Медициналық көрик

“Саламат жәмийет – күшли мәмлекет”

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен “Кеңес” аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 5-санлы Шаңарақлық поликлиникада “Саламат жәмийет – күшли мәмлекет” сүрени астында бийпул медициналық тексериў өткерилди.
Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Утепбергенова, районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы, партия белсендиси Г.Мамбетниязова, “Кеңес АШП” басланғыш партия шөлкеми баслығы Б.Баймурзаева, “мәҳәлле жетилиги” ўәкиллери, районлық медицина бирлеспеси ҳәм 5-санлы Шаңарақлық поликлиника шыпакерлери, сондай-ақ, аймақ турғынлары қатнасты.
Кеселликлерди ерте басқышта анықлаў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде жәми 100 ден аслам пуқара бийпул медициналық тексериўден өткерилди. Медициналық тексериўден өткерилген 88 пуқара рентген тексериўинен, 52 пуқара УЗИ тексериўинен өткерилип, кеселлиги анықланған 5 пуқара емлениўи ушын жолламалар берилди. Сондай-ақ, 12 пуқараға бийпул дәри-дармақлар берилди