Barcha yangiliklar
ДЕПУТАТ ИТИБАРЫ – БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫНЫҢ КЕПИЛЛИГИ
Gallery image 144617
Gallery image 144618
Gallery image 144619
Gallery image 144620
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
14 May 2026
20:01

ДЕПУТАТ ИТИБАРЫ – БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫНЫҢ КЕПИЛЛИГИ

ДЕПУТАТ ИТИБАРЫ – БИЛИМЛЕНДИРИЎ САПАСЫНЫҢ КЕПИЛЛИГИ

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы Х.Абдижалиев өзи сайланған «Гүлистан» мәҳәлле пуқаралар жыйыны аймағында болып, сайлаў округындағы социаллық объектлердиң материаллық-техникалық жағдайын үйренди.

✅ Илаж даўамында партияның сайлаўалды бағдарламасында белгиленген социаллық тараўды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ўазыйпалар шеңберинде алып барылған бул үйрениўлерде тийкарғы итибар жас әўладтың сапалы билим алыўы ушын жаратылған шараятларға қаратылды. Атап айтқанда, депутат Х.Абдижалиев аймақтағы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, мекемениң бүгинги күндеги материаллық-техникалық базасы, оқыў бөлмелериниң заманагөй үскенелениўи ҳәм оқыўшылар ушын жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысты.

🔹Илаж соңында депутат мектеп жәмәәти ҳәм устазлар менен де пикирлесип, оқыў процесинде ушырасып атырған машқалалар ҳәм оларды шешиў жоллары бойынша пикир алысты.