Barcha yangiliklar
ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ТИЙКАРЫНДАҒЫ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ДЕПУТАТ ҚАДАҒАЛАЎЫНДА
Gallery image 564
Gallery image 565
Gallery image 566
Gallery image 567
Gallery image 568
Gallery image 569
Gallery image 570
Gallery image 571
Gallery image 572
Gallery image 573
ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
28 Fev 2023
12:20

ПРЕЗИДЕНТ ҚАРАРЫ ТИЙКАРЫНДАҒЫ ҚУРЫЛЫС ЖУМЫСЛАРЫ ДЕПУТАТ ҚАДАҒАЛАЎЫНДА

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңеси депутаты М.Шолтаева Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2022-жыл 25-октябрьдеги “2022-2023 жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын жәнеде жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳақкында”ғы 408-санлы қарарында округ аймағында белгиленген объектлердеги қурылыс-оңлаў жумысларының орынланыў барысы бойынша үйрениў жумысларын алып барды.

Қарар тийкарында райондағы “Қуяшлы” мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 2,7 км ишки жолларды оңлаў ҳәм 2,74 км аралықта таза ишимлик суў тармақларын жалғаў жумысларын алып барыў белгиленген. Қурылыс-оңлаў жумыслары белгиленген график тийкарында алып барылмақта.

Депутат М.Шолтаева қурылыс бойынша үйрениў жумысларынан кейин аймақта пуқаралар менен ушырасыў өткерди. Сондай-ақ аймақтағы жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алып, олар менен сәўбетлесиўлер өткерди.