Barcha yangiliklar
үгит-нәсият илажы болып өтти
Gallery image 12450
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
15 Iyun 2024
09:51

үгит-нәсият илажы болып өтти

Районлық Кеңес депутатлары ҳәм “Мәҳәлле жетилиги”ниң өз-ара бирге ислесиӯин
шөлкемлестириӯ ҳәмде нәтийжелилигин тәмийинлеӯ мақсетинде Қараөзек районы Есимөзек
аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында Халық депутатлары районлық Кеңеси депутатлары,
мәҳәлле жетилиги, бирге ислесиўши мәкеме, шөлкемлер ҳәм аймақта жасаўшы
пуқаралар қатнасында үгит-нәсият илажы болып өтти. Онда аймақтан сайланған
районлық Кеңес депутатлы С.Ешанов 2024-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге
асырылған жумыслары ҳәм жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлардың
мәнис-мазмуны ҳаққында тоқталып өтти. Бунан соң шығып сөйлеӯшилер тәрепинен той
ҳәм мерекелерди ықшамластырыў, мәҳәлледеги ажырымлардың алдын алыў, үй алды
қыйтақ жерлери, көше әтирапларды абаданластырыў бойынша үгит-нәсият жумысларын
алып барды. Бул бағдарда аймақ турғынларының пикир ҳәм усыныслар тыңланылып,
депутатлық қадағалаӯға алынды.