Barcha yangiliklar
#Ҳәким_ҳәм_депутат_қабыллаўы
Gallery image 12222
Gallery image 12223
Gallery image 12224
Gallery image 12225
Gallery image 12226
Gallery image 12227
Gallery image 12228
Gallery image 12229
Gallery image 12230
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
11 Iyun 2024
00:00

#Ҳәким_ҳәм_депутат_қабыллаўы

Бүгин Шымбай районында «Ҳәким ҳәм депутат қабыллаўы» болып өтти 

Қабыллаўға район ҳәкими А.Тажетдинов ҳәм де Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутатлары қатнасып, аймақтың инфраструктурасын жетилистириў,  пуқаралардың турмыс шараятларын еле де жақсылаў, мәҳәллени социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақтағы машқалаларды нәтийжели шешиў бойынша ҳәм де мәҳәлле турғынларын мүрәжатларын қабыллады. Онда пуқаралар жол қурылысы, үй-жай оңлаў ушын кредитлер ажыратыў, бәнтлик ҳәм басқа да мәселелер бойынша мүрәжатларын билдирди. 

  Пуқаралар тәрепинен  жәми 74 мүрәжат келип түскен болып, соннан 37 мүрәжат сол орынның өзинде унамлы шешим тапқан болса, мүддет талап етилетуғын мәселелер қадағалаўға алынып депутатлық сораўнамалар тийисли мекеме ҳәм шөлкемлерге жиберилди.

Сондай-ақ, қабыллаў даўамында  мәҳәлле турғынларының машқалалары шешими бойынша ҳуқықый түсиниклер берилди.