Barcha yangiliklar
Турақлы комиссия мәжилиси өткерилди
Gallery image 11949
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
05 Iyun 2024
12:09

Турақлы комиссия мәжилиси өткерилди

Халық
депутатлары Қараөзек районлық Кеңеси Жергиликли бюджет, экономикалық
реформаларды әмелге асырыӯ, инвестициялар ҳәм исбилерменликти раӯажландырыӯ
мәселелери бойынша турақлы комиссиясының гезектеги мәжилиси өткерилди. Мәжилис
күн тәртибинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 9-февраль
күнги “Суў жеткерип бериў хызмети” мәмлекетлик мәкемелери искерлигин
шөлкемлестириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 79-санлы қарары талапларының орынланыӯы
бойынша “Суў жеткерип бериў хызмети” ММ районлық бөлими ҳәм районлық финанс ҳәм
экономика бөлимлериниң усыныслары көрип шығылды.