Barcha yangiliklar
Депутат_ҳәм_жаслар
Gallery image 107726
Gallery image 107727
Gallery image 107728
Gallery image 107729
Gallery image 107730
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
27 Mar 2026
13:03

Депутат_ҳәм_жаслар

Бүгин «Кеңес» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында бой тиклеген «IT қалаша»да билим алып атырған жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты А.Утепбергенова, «Кеңес» АПЖ баслығы А.Тажетдинов, IT қалаша жуўаплы хызметкерлери ҳәм жаслар қатнасты.

Илажда депутат А.Утепбергенова «IT қалашада» жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, зәманагөй кәсип ийелериниң пикир-усынысларын тыңлады. Буннан соң депутат тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетимизде жасларға жаратылып атырған имканиятлар, соның ишинде, IT тараўын раўажландырыўға қаратылған ийгиликли басламалар ҳаққында айтып өтилди.

Илаж соңында қалашада билим алып атырған жаслар өзлериниң ислеп атырған жойбарлары, келешектеги мақсетлери менен бөлисти. Сондай-ақ, тараўда дусласып атырған айырым мәселелер бойынша депутатқа мүрәжат етип, тийисли жуўаплар алды.