Barcha yangiliklar
Ҳүрметли пуқаралар!
Gallery image 285
ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
07 Fev 2023
04:34

Ҳүрметли пуқаралар!

🔻2023-жылдың “Басламалы бюджет” процессиниң 1-мәўсими 6-февраль күнинен басланғанлығын хабарлаймыз.

🔹Бунда сиз өз усынысларыңызды усы жылдың 6-февраль сәнесинен баслап, 26-февраль сәнесине шекем киритиўиңиз мүмкин.

🔹2023-жыл 26-февраль сәнесинен 18-март сәнесине шекем киритилген усыныслар арнаўлы комиссия тәрепинен көрип шығылады ҳәмде барлық маққулланған усыныслар даўыс бериў басқышына өткериледи.

🔹Даўыс бериў басқышы усы жылдың 18-март сәнесинен 7-апрель сәнесине шекем даўам етеди.

📌Ҳүрметли пуқаралар! Өз аймағыңыздағы жасаўшы пуқаралар, аўыл пуқаралар жыйынынлары баслықлары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери, ҳаял-қызлар белсендилери менен мәсләҳәтлесип, аймағыңыз ушын биринши орында зәрүр болған машқалаларды унамлы шешиў имкәниятын қолдан шығармаң.