Barcha yangiliklar
Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық кеңеси ҳәм Халық  депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен “Жаңадарья” посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында "Бир мәҳәлле – бир баслама" акциясы өткерилди.
Gallery image 87392
Gallery image 87393
TENIZBAEV AZAT BAYKUATOVICH
16 Fev 2026
15:31

Өзбекстан ХДП Тахтакөпир районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен “Жаңадарья” посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында "Бир мәҳәлле – бир баслама" акциясы өткерилди.

 Дәслеп, Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы К. Жалиевтиң “мәҳәлле жетилиги” ўәкиллери ҳәм нураныйлер менен ушырасыўы өткерилди.  

  Ушырасыў даўамында өткен дәўир даўамында мәҳәллелерде әмелге асырылған жумыслар, соның ишинде, социаллық тараўдағы реформалар, инфраструктураны жақсылаў ҳәм халықтың мүрәжатлары тийкарында шешилген мәселелер бойынша толық мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, "Басламалы бюджет" электрон платформасына халықтың көп
жыллардан берли қийнап киятырған машқалаларды жайластырыў жойбарларын таллаў ҳаққында пикир билдирилди. 

  Буннан соң, депутат К. Жалиев усы аймақтағы орын алған машкалаларды үйренип шықты. Атап айтқанда, ишки көшелердеги гөнерген электр сым ағашларын жаңа бетон сым столбаларға алмастырыў, ишки жолларды оңлаў ҳәм асфальт төсеў машқалалары анықланып, бул бойынша тийисли орынға депутатлық сораў жиберилетуғын болды ҳәм
депутатлық қадағалаўға алынды. Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.