Barcha yangiliklar
Шоманайда китапқумар жаслар менен ашық сәўбет өткерилди
Gallery image 86323
Gallery image 86324
Gallery image 86325
Gallery image 86326
Gallery image 86327
Gallery image 86328
Gallery image 86329
Gallery image 86330
MUXAMEDYAROV BAXIT SULTAN ULI
13 Fev 2026
16:00

Шоманайда китапқумар жаслар менен ашық сәўбет өткерилди

Ашық сәўбет форматында өткерилген "Book & Coffee Talks" илажы жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын жетилистириў, олардың руўхый-интеллектуаллық потенциалын арттырыў сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылды.

Илажда Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесиниң депутаты Дина Ибадуллаева, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, жоқары мағлыўматлы ҳуқықтаныўшы, белгили жазыўшы Орынбай Ешмуратов, партия белсендилери ҳәм жаслар қатнасты. Ушырасыў даўамында китап инсан камалаты, ҳуқықый сана ҳәм пуқаралық позициясын қәлиплестириўде әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.

Шығып сөйлегенлер елимизде жасларға жаратылып атырған кең имканиятлар, билимлендириў ҳәм исбилерменлик тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған бағдарламалар ҳаққында пикир билдирди.