Barcha yangiliklar
⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти
Gallery image 85511
Gallery image 85512
Gallery image 85513
Gallery image 85514
Gallery image 85515
TILEUMURATOV SULTANBEK AMETOVICH
12 Fev 2026
10:25

⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти

⏰ Депутатлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыў болып өтти

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ли Марина, қалалық Кеңеси секретариат баслығы Т.Дошекенов ҳәм қалалық Кеңес депутаты Д.Искендеровлар қатнасыўында пуқаралар ушырасыўы өткерилди.

Ушырасыў даўамында халықты қыйнап киятырған социаллық-экономикалық мәселелер, коммуналлық хызметлер, аймақларды абаданластырыў, бәнтлик, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларына байланыслы мүрәжатлар ҳәр тәреплеме тыңланды ҳәм додаланды.

Ушырасыў процессинде айырым мүрәжатлар орнында шешилди. Қосымша үйрениўди талап ететуғын мәселелер тийисли шөлкемлер ҳәм жуўапкерлерге жолланып, орынланыўы қадағалаўға алынды.

Пуқаралар менен ашықтан-ашық сөйлесиў ҳәм турақлы қабыллаўлар өткериў депутатлық жумысының әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.

✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇

Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)