Barcha yangiliklar
🎙 Депутатлық ушырасыў ҳәм пуқаралар қабыллаўы болып өтти
Gallery image 84247
Gallery image 84248
Gallery image 84249
Gallery image 84250
Gallery image 84251
Gallery image 84252
TILEUMURATOV SULTANBEK AMETOVICH
07 Fev 2026
15:46

🎙 Депутатлық ушырасыў ҳәм пуқаралар қабыллаўы болып өтти

🎙 Депутатлық ушырасыў ҳәм пуқаралар қабыллаўы болып өтти

⏰ Бүгин халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты А.Аймуратов қатнасыўында пуқаралар менен қабыллаў ҳәм ашықтан-ашық сәўбетлесиў өткерилди. Ушырасыў даўамында халықты қыйнап киятырған социаллық-экономикалық мәселелер, коммуналлық хызметлер, абаданластырыў, бәнтлик, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларына байланыслы мүрәжатлар тыңланды.

⏰ Пуқаралар тәрепинен билдирилген усыныс ҳәм машқалалар депутат тәрепинен дыққат пенен үйренилип, тийисли жуўапкер шөлкемлерге жиберилиўи ҳәм орынланыўы қадағалаўға алыныўы атап өтилди.

⏰ Бундай ушырасыўлар халық пенен тиккелей пикирлесиўди күшейтиў, орынлардағы машқалаларды жедел шешиўде үлкен әҳмийетке ийе.

#депутат #пуқараларқабыллаўы #ашықсөйлесиў #жәмийетшилик

✔️ Нөкис қаласындағы ең әҳмийетли қарарлар, ушырасыўлар ҳәм жаңалықлар – усы жерде👇

Telegram (https://t.me/nokisdeputat) | Facebook (https://www.facebook.com/NokisDeputati) | Instagram (https://www.instagram.com/deputatlar_kenesi/)