Barcha yangiliklar
Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.
Gallery image 83413
Gallery image 83414
Gallery image 83415
Gallery image 83416
TENIZBAEV AZAT BAYKUATOVICH
05 Fev 2026
17:08

Депутатлар өз сайлаўшыларына есабатларын бермекте.

         Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси 9-санлы «А.Дабылов» сайлаӯ округинен сайланған депутаты Примбетов Нажиматдин Тахтакөпир районы "Дауир" МПЖда болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.    

        Ушырасыўда депутат Н.Примбетов тәрепинен Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжилиси ҳәмде Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсинтирилди. Соның менен бирге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳаққында атап өтип, депутат Н.Примбетов 2025-жыл даўамында өз депутатлық искерлиги бойынша сайлаўшыларға есабат берди. 

        Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлары тыңланды ҳәм шешими депутатлық қадағалаўға алынып, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.