Barcha yangiliklar







ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
05 Fev 2026
09:16
ДЕПУТАТЛАРДЫҢ ЕСАБАТЛАРЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ.
Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесине 8-санлы Қумшунгул
сайлаў округинен депутат Г.Ерниязованың сайлаўшылары менен ушырасыў болып өтти.
Ушырасыўда 2025
жыл даўамында депутатлық искерлиги шеңберинде әмелге асырған жумыслары ҳаққында
сайлаўшыларға есабат берди.
Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен аймақтағы машқалалы
мәселелер бойынша мүражатлар билдирилди. Депутат бул мәселелер тийисли тәртипте
үйренип шығып, тийисли орынларға депутатлық сораўы менен мүрәжат
етилетуғынлығын мәлим етти.