Barcha yangiliklar
ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.
Gallery image 82850
Gallery image 82851
MUXAMEDYAROV BAXIT SULTAN ULI
04 Fev 2026
16:31

ДЕПУТАТ ЕСАБАТЫ.

Халық депутатлары Шоманай районлық Кеңесине 3-Бегжап сайлаў округинен депутат Д.Ибадуллаеваның сайлаўшылары менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат Д.Ибадуллаева Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси ҳәм де Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәниси сайлаўшыларға кеңнен түсиндирди.

Ушырасыўда депутат тәрепинен 2025-жылда әмелге асырылған жумыслар ҳәм аймақты социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында жаңадан қабыл етилген Нызам ҳәм қарарлардың әҳмийети ҳәм мазмуны ҳаққында айтып, 2025-жыл даўамында депутатлық искерлиги шеңберинде әмелге асырған жумыслары ҳаққында сайлаўшыларға есабат берди.

Ушырасыў даўамында пуқаралар тәрепинен аймақтағы машқалалы мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди ҳәм бул мәселелер бойынша үйренип шығып, тийисли орынларға депутатлық сораўы менен мүрәжат етилетуғынлығын мәлим етти.