Barcha yangiliklar
Тахтакөпир районында Президент Мүрәжатының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди
Gallery image 81330
Gallery image 81331
Gallery image 81332
Gallery image 81333
TENIZBAEV AZAT BAYKUATOVICH
30 Yan 2026
09:20

Тахтакөпир районында Президент Мүрәжатының мазмуны ҳәм әҳмийети түсиндирилди

          Тахтакөпир районы "Караой" АПЖ аймағында жайласқан 10-санлы мектепте Өзбекстан ХДП депутатлары тәрепинен үгит-нәсият илажы өткерилди.

         Илажда Халық депутатлары Тахтакөпир районлық Кеңеси депутатлары, ӨзХДП депутатлық топары ағзалары К. Жалиев ҳәм В. Багдиярова қатнасып, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына жоллаған Мүрәжатында белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети бойынша ҳәр тәреплеме түсиниклер берди.

         Ушырасыў даўамында билимлендириў тараўын раўажландырыў, халықтың абаданлығын арттырыў, жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм мәҳәлледе социаллық белсендиликти күшейтиўге қаратылған басламалар ҳаққында сөз етилди.