Barcha yangiliklar
ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫ КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЛДИ
Gallery image 76897
Gallery image 76898
Gallery image 76899
ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
08 Yan 2026
16:21

ПРЕЗИДЕНТ МҮРӘЖАТЫНЫҢ МАЗМУНЫ КЕҢ ЖӘМИЙЧИЛИККЕ ЖЕТКЕРИЛДИ

Бүгин райондағы 39-санлы мектеп имәратында Халық депутатлары районлық Кеңес Секретариат баслығы Б.Искендеров, район хәкимлигинен Қ.Аллахов, районлық Кеңес депутатлары М.Мырзатаев, А.Алланиязова қатнасында иләж болып өтти.

Иләжда Президент Мүрәжатында мәмлекетти раўажландырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Иләжда баянатшылар Мүрәжатта белгилеп берилген ўазыйпалар жергиликли дәрежеде әмелге асырылыўы, бул процессте пуқаралардың белсене қатнасыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Илаж ашықтан-ашық сөйлесиў руўхында өтти ҳәмде бундай үгит-нәсият ушырасыўы халықтың санасында реформалардың мазмун-мәнисин аңлаў, Президент Мүрәжатында белгилеп берилген ўазыйпаның орынланыўында жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, пуқаралардың белсендилигин арттырыўға хызмет етеди.