Barcha yangiliklar
Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 33-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.
Gallery image 74674
Gallery image 74675
Gallery image 74676
Gallery image 74677
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
06 Dek 2025
15:34

Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 33-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.

Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 33-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди. Ушырасыўға районлық "Нураный" қоры баслығы, районлық Кеӊес депутаты М.Гулимбетов, депутат Н.Тлеумуратов, нураныйлар Қ.Досназаров ҳәм Т.Саекеев, Халық депутатлары районлық Кеӊеси секретариаты, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, мектеп оқытыўшы ҳәм оқыўшылары қатнасты.  

Илажда шығып сөйлеўшилер тәрепинен кекселерге ҳүрмет-иззет көрсетиў қәдирият есапланатуғынлығы, кейинги жыллары елимизде жасларымызға билим ҳәм өнер ийелеўде жаратылып атырылған имканиятлар ҳаққында тоқталып өтилди. Сондай-ақ, бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны “Инсан қәдири ушын” принципиниң әҳмийетине қаратылып, онда әлбетте, жасы үлкенлеримиздиң турмыслық тәжирийбеси, ақыл-нәсияты жаслар тәрбиясында, елимиздиң айдын келешегин тәмийинлеўде айрықша орын ийелеўи атап өтилди.