Barcha yangiliklar
Меҳир үлесейик акциясы
Gallery image 71690
Gallery image 71691
Gallery image 71692
Gallery image 71693
Gallery image 71694
Gallery image 71695
Gallery image 71696
Gallery image 71697
Gallery image 71698
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
04 Dek 2025
12:12

Меҳир үлесейик акциясы

Шымбай районы ХДП: МЕҲИР ҮЛЕСЕЙИК АКЦИЯСЫ ДАЎАМ ЕТПЕКТЕ

3-декабрь «Халық аралық Майыплылығы болған шахслар күни» мүнәсибети менен Халық депутатлары Шымбай районлық Кенсиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзалары «Гүжимли» МПЖ аймағында жайласқан Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлимине қараслы 43-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип оқытылатуғын улыўма билим бериў мектебинде шөлкемлестирилген нуқсаны бар коррекцион класта оқып атырған оқыўшылар ҳалынан хабар алынды.

Илажда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлар топары ағзалары О.Толыбеков, А.Утепбергенова ҳәм де район ҳәкиминиң орынбасары, партия белсендиси Г.Мамбетниязоваларлар қатнасып, шөлкемде оқып атырған балаларды байрам менен қызғын қутлықланып, байрам саўғаларын тапсырды.

Илаж соңында жыйналғанларға концерт бағдарламасы қойып берилип, олардың кеўил-кейпиятына өзгеше заўық бағышланды.