Barcha yangiliklar
ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛӘЖЛАРЫ ӨТКЕРИЛДИ
Gallery image 6978
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
15 Mar 2024
17:03

ҮГИТ-НӘСИЯТ ИЛӘЖЛАРЫ ӨТКЕРИЛДИ

Қараөзек районы "Есимөзек " аўыл пуқаралар жыйыны аймағында аймақ пуқаралары
менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўға 17-Акбеткей сайлаў округи депутаты С.Ешанов
ҳәм районлық 4-сектор ўәкиллери, мәҳәлле белсендилери қатнасты. Ушырасыўда Өзбекстан
Республикасы Президентиниӊ Пәрман, қарарлары, жаӊадан қабыл етилген нызамлар
ҳәм Қарақалпақстан Республикасын социал-экономикалық раўажландырыў бағдарында
қабыл етилген мәмлекетлик бағдарламалар мазмун-мәниси ҳәм қарарлар тийкарында аймақта
әмелге асырылып атырылған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берилди. Сондай-ақ
пуқаралар тәрепинен билдирилген пикир ҳәм усыныслар тыӊланып, әмелий шешиў
бағдарында депутатлық қадағалаўға алынды.