Barcha yangiliklar
Қатарымыздағы жаслар жойбары
Gallery image 70984
Gallery image 70985
Gallery image 70986
Gallery image 70987
Gallery image 70988
Gallery image 70989
Gallery image 70990
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
29 Noy 2025
12:09

Қатарымыздағы жаслар жойбары

Шымбай районы ХДП: БЕЛСЕНДИ ЖАСЛАР МЕНЕН ПАРТИЯ ҚАТАРЫ КЕҢЕЙМЕКТЕ

Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеӊеси тәрепинен жаслар менен ашық пикирлесиў, олардың сиясий билимлерин арттырыў мақсетинде «Экономика колледж» басланғыш партия шөлкеминде “Қатарымыздағы жаслар” жойбары шеңберинде жаслар менен ушырасыў өткерилди.

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ағзасы Х.Абдижалиев, «Экономика колледж» басланғыш партия шөлкеми ағзалары ҳәм белсенди жаслар катнасты.

Ушырасыўда сөзге шыққанлар бүгинги күнде елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалар, соның ишинде, жасларға жаратылып атырған мүмкиншиликлер, олардың өз басламаларын жүзеге шығарыўлары ушын жаратылған шараятлар ҳаққында, соның менен бирге, партияның бағдарламалық мақсет ҳәм ўазыйпаларын үгит-нәсият етиўде партия шөлкемлери ҳәм депутатлар тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳәм партияның жаслар менен ислесиў бағдарында алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Ушырасыўда партия қатарына жаңадан қабыл етилген бир қатар жасларға партияның ағзалық гүўалықлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж қатнасыўшылары өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.