Barcha yangiliklar
Депутат мәҳәлледе жойбары
Gallery image 64719
Gallery image 64720
Gallery image 64721
Gallery image 64722
Gallery image 64723
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
04 Noy 2025
12:19

Депутат мәҳәлледе жойбары

❗️Шымбай районы ХДП: ДЕПУТАТ ӨЗ САЙЛАЎШЫЛАРЫНА ЕСАБАТ БЕРДИ

♻️ Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Есемуратов Аяпберген Шымбай районы "Қызыл өзек" аўыл пуқаралар жыйынында болып, өз сайлаўшылары менен ушырасты.

✅ Ушырасыўда депутатлар тәрепинен пуқараларға мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлар, пәрман ҳәм қарарлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин түсиндирди. Сондай-ақ, усы жылдың III-шереги даўамындағы депутатлық жумысы бойынша сайлаўшыларға есабат берди.

🔹Ушырасыўда даўамында аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша аймақ турғынлары тәрепинен бир қатар мүрәжатлар билдирилди. Усы мүрәжатлардың шешими бойынша депутат А.Есемуратов тәрепинен депутатлық қадағалаў жумысларын алып барыў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.