Barcha yangiliklar
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он үшинши сессиясы болып өтти.
Gallery image 64407
Gallery image 64408
Gallery image 64409
Gallery image 64410
Gallery image 64411
Gallery image 64412
Gallery image 64413
Gallery image 64414
Gallery image 64415
Gallery image 64416
Gallery image 64417
Gallery image 64418
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
30 Okt 2025
16:05

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он үшинши сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он үшинши сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, район ҳәкими орынбасарлары, Ишки ислер бөлими, сиясий партиялар, районлық мәкеме, шөлкемлер, пуқаралар жыйынлары ҳәм ғалаба хабар қурал ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде дәслеп Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 3-январь күнги «2025-жылда Республика мәҳәллелеринде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў системасы нәтийжелилигин жәнеде асырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-1-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында мәҳәллелерде қәўипсиз орталықты жаратыў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Қараөзек районы прокурорының мәлимлемеси тыӊланды. Буннан соӊ сессия күн тәртибиндеги Қараөзек районы орайында жайласқан, барлық экономикалық ҳәм социаллық инфраструктураға ийе «Жаңа Өзбекстан» массивинен турақ жай алыўды қәлеўши пуқараларға туўрыдан-туўры субсидия ажыратыў ҳаққында район ҳәкиминиң финанс-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары Б.Аяпбергеновтыӊ усынысы додаланылды. Сессия күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген мәселелер толығы менен көрип шығылып, алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды ҳәм сессия өз жумысын жуўмақлады.