Barcha yangiliklar
#Депутат_искерлиги
Gallery image 64258
Gallery image 64259
Gallery image 64260
Gallery image 64261
Gallery image 64262
RASHIDOV SHAROF RASHIDOVICH
03 Noy 2025
09:44

#Депутат_искерлиги

Өзбекстан ХДП Қонырат районлық кеңеси ҳәм Халық депутатлары Қонырат районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топарының қоспа мәжилиси болып өтти.

Онда Өзбекстан ХДП Қонырат кеңеси баслығы А.Жуманиязов, Халық депутатлары Қонырат районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзалары қатнасты.

Мәжилис күн тәртибинде “Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында”ғы ПП-330-санлы пәрманы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Көп квартиралы жайларды басқарыўды еледе нәтийжели шөлкемлестириў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-278-санлы қарары Қонырат районында орынланыўына бағышланған мәселелер додаланып, гезектеги сессия күн тәртибине киргизиў бойынша қарар қабыл етилди.

Сондай-ақ, партия шөлкемлери ҳәм депутатлар жумысларының рейтинг көрсеткишлерин жақсылаў мәселелери көрип шығылды. Бунда депутатлар тәрепинен аймақтағы орын алған машқалаларды үйрениў ҳәм унамлы шешиўде депутатлық сораў институтынан нәтийжели пайдаланыўы, орынларда басланғыш партия шөлкемлеринде үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм ҒХҚда шығыўларды шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.