Barcha yangiliklar
Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 28-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.
Gallery image 62043
Gallery image 62044
Gallery image 62045
Gallery image 62046
Gallery image 62047
Gallery image 62048
Gallery image 62049
Gallery image 62050
Gallery image 62051
Gallery image 62052
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
16 Okt 2025
16:49

Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 28-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди.

Қараөзек районы Қутлы мәкан мәҳәллесинде жайласқан 28-санлы мектепте "Үш әўлад ушырасыўы" шөлкемлестирилди. 

Ушырасыўға районлық "Нураный" қоры баслығы, районлық Кеӊес депутаты М.Гулимбетов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық билимлендириў ағласы, нураный устаз Т.Саекеев, мәҳәлле ҳәм бирге ислесиўши мәкеме, шөлкемлер ўәкиллери, оқытыўшы ҳәм оқыўшылар қатнасты. 

Онда шығып сөйлеўшилер тәрепинен кекселерди ҳүрмет -иззет көрсетиў қәдирият есапланатуғынлығы, кейинги жыллары елимизде жасларымызға билим ҳәм өнер ийелеўде жаратылып атырылған имканиятлар ҳаққында тоқталып өтилди. Сондай-ақ, бүгинги күнде мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмуны “Инсан қәдири ушын” принципиниң әҳмийетине қаратылып, онда әлбетте, жасы үлкенлеримиздиң турмыслық тәжирийбеси, ақыл-нәсияты жаслар тәрбиясында, елимиздиң айдын келешегин тәмийинлеўде айрықша орын ийелеўи атап өтилди. 

Ушырасыў үш әўлад ўәкиллериниӊ пикир алмасыўы менен даўам етти.