Barcha yangiliklar
Депутат мәҳәлледе
Gallery image 61815
Gallery image 61816
Gallery image 61817
Gallery image 61818
Gallery image 61819
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
16 Okt 2025
15:25

Депутат мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 4-санлы "Кеңес" сайлаў округинен сайланған депутат, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы А.Утепбергенованың өз сайлаў округинда жасаўшы сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда депутат А.Утепбергенованың 2025-жылдың 9 айы даўамында өз сайлаў округинде алып барған жумыслары, соның ишинде, сайлаўшылардың мүрәжатларының шешими, аймақты социал экономикалық раўажландырыў барысында орын алған машқалалардың шешими бойынша есабат берди.

Сондай-ақ, ушырасыўда депутат А.Утепбергенова халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша өзиниң пикир ҳәм усынысларын билдирип, аймақта ушырасып атырған машқалалар бойынша мүражатлар тыңланып, депутат тәрепинен қадағалаўға алынды.