Barcha yangiliklar
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ХДП: ДЕПУТАТ САЙЛАЎ ОКРУГИНДАҒЫ СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎ ОБЪЕКТЛЕРИНИҢ ГҮЗ-ҚЫС МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҒЫН ҮЙРЕНДИ.
Gallery image 61434
Gallery image 61435
Gallery image 61436
Gallery image 61437
Gallery image 61438
Gallery image 61439
Gallery image 61440
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
14 Okt 2025
17:28

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ХДП: ДЕПУТАТ САЙЛАЎ ОКРУГИНДАҒЫ СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎ ОБЪЕКТЛЕРИНИҢ ГҮЗ-ҚЫС МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҒЫН ҮЙРЕНДИ.

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ХДП: ДЕПУТАТ САЙЛАЎ ОКРУГИНДАҒЫ СОЦИАЛЛЫҚ ТАРАЎ ОБЪЕКТЛЕРИНИҢ ГҮЗ-ҚЫС МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҒЫН ҮЙРЕНДИ. 

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң 2025-жыл 26-август күнги 4-348-санлы тапсырма хатына муўапық, 2025-жылдың октябрь айында “2025-2026-жылларда гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў шеңберинде социаллық тараў обектлерин гүз-қыз мәўсимине таярлаў бойынша комплекс илажлар ислеп шығылғанлығы ҳәм де оның орынланыўы” бойынша партия позитсиясынан келип шығып, депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барыў ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ҳәм турақлы комиссиялар мәжилисинде додалап, сессия күн тәртибине алып шығыў белгиленген еди.

 Усы тапсырма хатта берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгин Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары ағзасы А.Есемуратов өзи сайланған «Кызыл өзек» АПЖ аймағында болып, сайлаў округиндағы социаллық тараў объектлериниң 2025-2026-жылғы гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў бойынша алып барылған жумыслар менен танысты.

Илажда соңында депутат А.Есемуратов өз сайлаў округиндағы социаллық тараў объектлеринде орын алған машқалаларды үйренип, анықланған машқалалардың шешими бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.