Barcha yangiliklar
ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ХДП: ДЕПУТАТ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ ГҮЗ-ҚЫС МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҒЫН ҮЙРЕНДИ.
Gallery image 61429
Gallery image 61430
Gallery image 61431
Gallery image 61432
Gallery image 61433
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
14 Okt 2025
17:24

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ХДП: ДЕПУТАТ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ ГҮЗ-ҚЫС МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҒЫН ҮЙРЕНДИ.

ШЫМБАЙ РАЙОНЫ ХДП: ДЕПУТАТ БИЛИМЛЕНДИРИЎ ТАРАЎЫ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ ГҮЗ-ҚЫС МӘЎСИМИНЕ ТАЯРЛЫҒЫН ҮЙРЕНДИ.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Орайлық Кеңесиниң 2025-жыл 26-август күнги 4-348-санлы тапсырма хатына муўапық, 2025-жылдың октябрь айында “2025-2026-жылларда гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў шеңберинде социаллық тараў обектлерин гүз-қыз мәўсимине таярлаў бойынша комплекс илажлар ислеп шығылғанлығы ҳәм де оның орынланыўы” бойынша партия позитсиясынан келип шығып, депутатлық ҳәм жәмийетшилик қадағалаўын алып барыў ҳәм Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги партия топары ҳәм турақлы комиссиялар мәжилисинде додалап, сессия күн тәртибине алып шығыў белгиленген еди.

  Усы тапсырма хатта берилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги Өзбекстан ХДП депутатлық топары баслығы О.Толыбеков районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў бөлиминде болып, билимлендириў мәкемелериниң 2025-2026-жылғы гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў ҳәм оны зыянсыз өткериў бойынша алып барылған жумыслар менен танысты.

Илажда соңында депутат О.Толыбеков билимлендириў мәкемелеринде орын алған машқалаларды үйренип, анықланған машқалалардың шешими бойынша тийисли илажлар белгилеп алынды.