Barcha yangiliklar
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он екинши сессиясы болып өтти.
Gallery image 61403
Gallery image 61404
Gallery image 61405
Gallery image 61406
Gallery image 61407
Gallery image 61408
Gallery image 61409
Gallery image 61410
Gallery image 61411
Gallery image 61412
Gallery image 61413
Gallery image 61414
Gallery image 61415
Gallery image 61416
Gallery image 61417
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
10 Okt 2025
17:19

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он екинши сессиясы болып өтти.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниӊ гезектеги он екинши сессиясы болып өтти. Сессияға районлық Кеӊес депутатлары, сиясий партиялар, Кеӊес жанындағы жаслар мәсләҳәт топары ҳәм эксперт топары ағзалары, ҳәким орынбасарлары, районлық мәкеме, шөлкемлер ҳәм ғалаба хабар қурал ўәкиллери қатнасты. Сессия күн тәртибинде дәслеп 2025-жылдың 9 айы даўамында әмелге асырылған жумыслары бойынша районлық Әдиллик бөлими баслығы А.Искендеровтыӊ мәлимлемеси ҳәм районлық Ишки ислер бөлими баслығы М.Аллабергеновтыӊ есабаты тыӊланды. Буннан соӊ сессия күн тәртибиндеги мәҳәлле институтын жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырылған жумыслар бойынша Мәҳәллелер аўқамы районлық бөлими баслығы Р.Данияровтыӊ есабаты ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң "2025-2030-жылларда балалар рак кеселлигине қарсы гүресиў бойынша Өзбекстан Республикасы миллий стратегиясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында"ғы ПҚ-186-санлы қарарының район аймағында орынланыўы бойынша районлық медицина бирлеспеси баслығы ўазыйпасын атқарыўшы С.Абибуллаеваныӊ есабатлары додаланылып, депутатлар тәрепинен шешим қабыл етилди. Сондай-ақ, сессияда санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими тәрепинен халықтың санитария-эпидемиологиялық тынышлығын тәмийинлеў ҳәм жуқпалы кеселликлердин тарқалыўының алдын алыў бағдарында бөлим баслығы Ж.Базарбаевтыӊ есабаты көрип шығылды. 

Сессия күн тәртибине турақлы комиссиялар усыныслары бойынша киритилген мәселелер толығы менен көрип шығылып, алдағы ислениўи тийис ўазыйпалар белгиленип алынды ҳәм сессия өз жумысын жуўмақлады.