Barcha yangiliklar
Қараөзек районы Нураный қоры ҳәм Халық депутатлары районлық Кеӊеси секретариаты тәрепинен «Кекселер ҳәптелиги» шеӊберинде Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы  нураный аталар, көше ҳәм аўыл бийлери ҳәм мәҳалле белсендилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Gallery image 60432
Gallery image 60433
Gallery image 60434
Gallery image 60435
Gallery image 60436
Gallery image 60437
Gallery image 60438
Gallery image 60439
Gallery image 60440
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
06 Okt 2025
16:55

Қараөзек районы Нураный қоры ҳәм Халық депутатлары районлық Кеӊеси секретариаты тәрепинен «Кекселер ҳәптелиги» шеӊберинде Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы нураный аталар, көше ҳәм аўыл бийлери ҳәм мәҳалле белсендилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Қараөзек районы Нураный қоры ҳәм Халық депутатлары районлық Кеӊеси секретариаты тәрепинен «Кекселер ҳәптелиги» шеӊберинде Қуралпа аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы нураный аталар, көше ҳәм аўыл бийлери ҳәм мәҳалле белсендилери менен ушырасыў шөлкемлестирилди. Ушырасыўда Нураный қоры баслығы, районлық Кеӊес депутаты М.Гулимбетов тәрепинен ҳәптеликтиӊ әҳмийети ҳәм онда әмелге асырылатуғын жумыслар, сондай-ақ, мәмлекетимизде кексе әўлад ўәкиллерине итибар, ғамқорлықлар, олардыӊ саламатлығын беккемлеў, бул бағдарда арнаўлы қабыл етилген қарарлардыӊ мазмуны ҳаққында тоқталып өтти. Жәнеде ушырасыўда аймақта кексе әўлад қатнасында мәҳәлледе нураныйлардыӊ тутқан орны ҳәм той, мерекелерди ықшамластырыў, ысырапгершиликтиӊ алдын алыў ҳәм шаӊарақта турмыслық мәселелер, даў-жәнжеллердиӊ алдын алыў бағдарында пикир алысылды. Ҳәптелик шеӊберинде Қуралпа аўыллық шыпакерлик пунктинде аймақтағы нураныйлар медициналық көриги шөлкемлестирилди.