Barcha yangiliklar
Жоқарғы Кеӊес депутаты М.Абдиров ҳәм районлық Кеӊес депутаты С.Жолдыбаевтыӊ сайлаўшылар менен ушырасыўы Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти.
Gallery image 60402
Gallery image 60403
Gallery image 60404
Gallery image 60405
Gallery image 60406
Gallery image 60407
Gallery image 60408
Gallery image 60409
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
04 Okt 2025
16:45

Жоқарғы Кеӊес депутаты М.Абдиров ҳәм районлық Кеӊес депутаты С.Жолдыбаевтыӊ сайлаўшылар менен ушырасыўы Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊеси депутатларыныӊ район аймағында сайлаў округлеринде 2025-жылдыӊ үшинши шереги даўамында өз искерлиги бойынша сайлаўшылар алдында есабат бериўи белгиленген. 

Усы тийкарда Жоқарғы Кеӊес депутаты М.Абдиров ҳәм районлық Кеӊес депутаты С.Жолдыбаевтыӊ сайлаўшылар менен ушырасыўы Есимөзек аўыл пуқаралар жыйынында болып өтти. Ушырасыўда депутатлар сайлаўшыларға өз депутатлық искерлиги бойынша есабат берип, жаӊадан қабыл етилген нызам, қарар ҳәм мәмлекетлик бағдарламалардыӊ халқымыз турмысындағы әҳмийети ҳәм мазмунын түсиндирип өтти. Буннан соӊ аймақ пуқаралары тәрепинен депутатларға мүрәжат ҳәм усынысларын билдирип, орынланыўы бойынша депутатлық қадағалаўға алынды.