Barcha yangiliklar
Депутат мәҳәлледе
Gallery image 59902
Gallery image 59903
Gallery image 59904
Gallery image 59905
Gallery image 59906
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
30 Sen 2025
12:04

Депутат мәҳәлледе

Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесине 1-санлы «Р.Низаматдинов» сайлаў округинан сайланған депутат Х.Абдижалиев «Депутат мәҳалледе» жойбары шеңберинде өзи сайланған «Гүлистан» МПЖ аймағында болды. 

Буннан бир қанша мүддет алдын, депутат Х.Абдижалиевке сайлаўшылар тәрепинен аймақтан өтиўши 5-санлы жөнелисли маршрут жолын оңлап бериў ҳәм де Жақсылық көшесиндеги газ трубаларды тәртиплестирип бериў мәселесинде мүрәжат келип түскен еди. Сол күннин өзинде билдирилген Сайлаўшылар мүрәжатлардан келип шығып, депутат Х.Абдижалиев тәрепинен тийисли мәкемелерге депутатлық сораў жиберилди.

Усы жиберилген депутат сораўына тийкар, бүгинги күнге келип Жақсылық көшесиндеги газ тармақлары тәртиплестирилип, аймақтан өтиўши 5-санлы жөнелисли маршрут жолына оңлаў жумыслары алып барылмақта. 

Илаж соңында сайлаўшылар депутат Х.Абдижалиевке өз миннетдаршылығын билдирип, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардан разылығын айтип өтти.