Barcha yangiliklar
КЕГЕЙЛИДЕ "ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР" УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ.
Gallery image 59346
Gallery image 59347
Gallery image 59348
Gallery image 59349
Gallery image 59350
Gallery image 59351
Gallery image 59352
Gallery image 59353
Gallery image 59354
Gallery image 59355
ABATOV MAMBETBAY JOLDASBAEVICH
24 Sen 2025
14:05

КЕГЕЙЛИДЕ "ДЕПУТАТ ҲӘМ ЖАСЛАР" УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ.

 Жасларды
қоллап-қуўатлаўға қаратылған жумысларда Өзбекстан Либерал-демократиялық
партиясы Кегейли районлық Кеңеси белсендилериниң партиядан сайланған
депутатлардың қатнасыўы сезилерли болмақта. 

Бүгин
партияның районлық кеңесиниң басламасы менен Жаслар орайында "Депутат ҳәм
жаслар" ушырасыўы өткерилди. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқрғы
Кеңеси депутаты Н.Аметова, Халық депутатлары районлық кеңеси Секретариат
баслығы Б.Искендеров, ӨзЛиДеПтен районлық кеңеслерге сайланған депутатлар,
район ҳәкимлиги ҳәм аймақтағы шөлкем ҳәм кәрханалардың басшылары ҳәм белсенди
жаслар қатнасты. 

Ушырасыўдан
гөзленген мақсет, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде, олардың мәмлекетимиз
тәрепинен берилип атырған имканиятлардан үнемли пайдаланыўында жәрдемлесиў ҳәм
қоллап-қуўатлаў болып табылады, - дейди партияның районлық кеңесиниң аппарат
баслығы П.Байжанов. 

 Ушырасыў даўамында
Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм райондағы мәкан пуқаралар жыйынлары
баслықлары менен биргеликте "Жаслар дәптери"ндеги жаслардың
пикир-усынысларын тыңланды ҳәмде машқалаларды шешиў бойынша әмелге асырылатуғын
жумысларды тийисли шөлкемлер менен келисип алынды.