Barcha yangiliklar
Пуқаралық паспорты - инсан өмириндеги ең әҳмийетли бирден-бир ҳүжжет болып табылады
Gallery image 5099
TORENOV RUSTAM ABATNIYAZOVICH
26 Yan 2024
00:00

Пуқаралық паспорты - инсан өмириндеги ең әҳмийетли бирден-бир ҳүжжет болып табылады

Бүгин 2024-жыл 26-январь күни Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында Өзбекстан Республикасының "Пуқаралығы ҳаққында"ғы нызамына тийкар, үш пуқарамыздың көп жыллар даўамында күткен азрыў-үмитлери орынланды. Инсан өмириндеги бирден-бир ҳүжжет болып есапланған Өзбекстан Республикасы пуқаралығын тастыйықлаўшы ID карталары район ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм депутатларымыз тәрепинен салтанатлы түрде тапсырылды. Бул ҳүжжетлерге ийе болған пуқараларымыз өзлериниң қуўанышлары менен бөлисип, Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Мағлыўмат орнында: Хожели районында 2016-жылға дейин 375 пуқаралығы болмаған шахс жасап келген болса, соннан бүгинги күнге Президентимиздиң Пәрманларына тийкар 135 шахсқа Өзбекстан Республикасы Пуқаралығы рәсмийлестирилип берилди.