Barcha yangiliklar
Исши топар мәжлиси болып өтти
Gallery image 5097
TORENOV RUSTAM ABATNIYAZOVICH
07 Fev 2024
07:00

Исши топар мәжлиси болып өтти

2024-жыл 2-февраль күни Хожели районы ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында ϴзбекстан Республикасы Сенаты ҳәм ϴзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасының 2023-жыл 13-декабрь күнги 

3787-IV/QQ-642-IV-санлы қоспа қарарына тийкар республика бойлап аўыл хожалығына мөлшерленген жер майданларынан мақсетли пайдаланыў жағдайын үйрениў бойынша Хожели районында дүзилген исши топарының мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте исши топар тәрепинен қоспа қарардың район аймағында орынланыўы бойынша, жерге болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжетлери толық болмаған, ҳүжжеттеги ҳәм әмелдеги майданы бир-биринен парық қылатуғын, турақлы пайдаланыў ушын ажыратылған аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерден пайдаланыў жағдайын үйрениў нәтийжелериниң барысы ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.