Barcha yangiliklar
Депутат мәҳәлледе
Gallery image 55360
Gallery image 55361
Gallery image 55362
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
22 Avg 2025
17:44

Депутат мәҳәлледе

"Ақмаңғыт"  посёлкалық пуқаралар жыйынында "Депутат мәҳәлледе" жойбары шеңберинде илаж өткерилди.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрдеги «2025-2027 жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў ис илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-454-санлы Пəрманының орынланыўы бойынша “Нөкис районында  "Ақмаңғыт" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағынан өтип турған "Ақмаңғыт" суў арнасының реконструкция, бетонлаў жумысларын үйренип шықты.

      Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Ғ.Сабуров жойбарды әмелге асырыўшы кесип алып ислеўши қурылыс бригадасы хызметкерлери менен сәўбетлесип, қурылыс жумысларының сапасы ҳәм ислеўшилер ушын жаратылған шәраятлар менен танысты ҳәм алып барылып атырған қурылыс жумыслары депутат қадағалаўына алынды.