Barcha yangiliklar
Нөкис районы “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды
Gallery image 55238
Gallery image 55239
Gallery image 55240
Gallery image 55241
Gallery image 55242
Gallery image 55243
Gallery image 55244
Gallery image 55245
Gallery image 55246
Gallery image 55247
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
22 Avg 2025
09:44

Нөкис районы “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды

Нөкис районы “Тақыркөл” аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан 18-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды. 

Ашылыў салтанатына район ҳәкими З.Зайтов, нураныйлар ҳәм кең жәмәәтшилик ўәкиллери қатнасты.

Имараттың ашылыў салтанатында район ҳəкими З.Зайтов шығып сөйлеп, келешегимиз ийелери болған жас әўладтың кәмил инсан болып жетилисиўине мектепке шекемги билимлендириўдиң айрықша орны бар екенлигин атап өтти ҳәм Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллық байрам мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады. 

Буннан кейин илаж қатнасыўшылары тәрепинен жаңадан ашылған мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң рәсмий лентасы кесилип, соң имаратта жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. 

Мағлыўмат ушын, 120 орынға мөлшерленген, сметалық баҳасы 5млрд.388 млн сўмлық бул жаңа бақшаның имараты «Ислам раўажландырыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық қоры қатнасында «Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў» жойбары тийкарында “Қызкеткен махсус қурылыс” жуўапкершилиги шекленген жәмийети қурылысшылары тәрепинен қысқа мүддет ишинде пайдаланыўға тапсырылды.