Barcha yangiliklar
Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Нөкис районлық кеңесиниң III пленумы болып өтти
Gallery image 55094
Gallery image 55095
Gallery image 55096
Gallery image 55097
Gallery image 55098
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
21 Avg 2025
09:23

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Нөкис районлық кеңесиниң III пленумы болып өтти

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Нөкис районлық кеңесиниң III пленумы болып өтти. 

Онда партияның Нөкис районлық кеңеси пленум ағзалары, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары ағзалары, басланғыш партия шөлкеми жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Пленум күн тәртибинде Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Сайлаўалды бағдарламасының орынланыўы бойынша Нөкис районлық партия Кеңеси тәрепинен 2025-жылдың биринши ярым жыллығында әмелге асырылған жумыслар ҳаққындағы мәселе додаланды.

Пленумды Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Нөкис районлық кеңеси баслығы, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары басшысы Р.Сапарниязов алып барды ҳәм күн тәртибиндеги мәселелер бойынша баянат жасады.

Партияның Нөкис районлық районлық кеңеси, Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги партия топары тәрепинен нызам жойбарларына 15 усыныслар билдирилди.