Barcha yangiliklar
#Шығындыларды_таслаў_орынлары_үйренилди
Gallery image 54926
Gallery image 54927
Gallery image 54928
Gallery image 54929
Gallery image 54930
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
19 Avg 2025
18:16

#Шығындыларды_таслаў_орынлары_үйренилди

Бүгин Шымбай районында Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңеси жанында шөлкемлестирилген “Жаслар мәсләҳәт топары” ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы Шымбай районлық Кеңеси менен биргеликте район аймағындағы “Шығынды полигонларын басқарыў дирекциясы” Шымбай районы филиялында алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.

Үйрениў даўамында филиал 2017-жылы иске түсирилген болып, 2024-жылдан баслап дирекция есабында өз алдына қайта ашылғанлығы ҳәм бүгинги күнде филиалдың улыўма жер майданы 6 га болып, айына 800 тоннаға шамалас 14 түрдеги турмыслық шығындылар алып келинетуғынлығы анықланды.

Үйрениў жуўмағында филиалға инвесторларды шақырыў арқалы ямаса гранд тийкарында шығындыларды қайта ислеўди жолға қойыў имканияты бар екенлиги ҳәм бул бағдарда әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар белгилеп алынды.