Barcha yangiliklar
Депутат мәҳәлледе жойбары
Gallery image 54642
Gallery image 54643
Gallery image 54644
Gallery image 54645
Gallery image 54646
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
16 Avg 2025
12:20

Депутат мәҳәлледе жойбары

Шымбай районы «Көкши қала» МПЖ аймағында жайласқан «Ватанпарвар» шөлкеми Шымбай районы оқыў спорт техника клубында Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен ушырасыў шөлкемлестирилди.  

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық кеңесиндеги партия топары ағзасы А.Есемуратов ҳәм де партия белсендилери қатнасты.

Ушырасыў даўамында жыйналғанларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-июльдағы “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы ПҚ-222-санлы қарарының мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында жыйналғанлардың мүрәжатлери тыңланып, депутат А.Есемуратов тәрепинен шешими бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.