Barcha yangiliklar
Депутат мәҳәлледе
Gallery image 53281
Gallery image 53282
Gallery image 53283
Gallery image 53284
Gallery image 53285
Gallery image 53286
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
07 Avg 2025
12:57

Депутат мәҳәлледе

Бүгин Шымбай районы «Шахтемир» МПЖ аймағында Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси басламасы менен белсене нураныйлер арасында ушырасыў шөлкемлестирилди. 

Илажда Өзбекстан ХДП Шымбай районлық Кеңеси баслығы С.Нурмамбетов, Халық депутатлары Шымбай районлық кеңесиндеги партия топары басшысы О.Толыбеков ҳәм де белсене нураныйлер қатнасты.

Ушырасыў даўамында жыйналғанларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 10-июльдағы “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы ПҚ-222-санлы қарарының мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилди.

Сондай-ақ, ушырасыў даўамында белсене ныраныйлердиң мүрәжатлери тыңланып, депутат О.Толыбеков тәрепинен шешим бойынша тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.