Barcha yangiliklar
ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ
Gallery image 53159
Gallery image 53160
Gallery image 53161
BEKPANOV ELBRUS ESENBAEVICH
06 Avg 2025
16:24

ДЕПУТАТ МӘҲӘЛЛЕДЕ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-апрельдеги «2024-жылда ипотека кредитлерин ажыратыў механизмлерин жетилистириў ҳəм халықтың турақ-жай шәраятларын жақсылаўға тийисли қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-70-санлы Пəрманы орынланыўы бойынша “Нөкис районында 2024-2025 жылларда көп қабатлы турақ-жайларды қурыў” жойбары шеңберинде "Ақмаңғыт" посёлкалық пуқаралар жыйыны аймағында қурылып атырған көп қабатлы үй қурылыс объектинде алып барылып атырған жумыслар барысы үйренилди. 

      Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиндеги ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Ғ.Сабуров жойбарды әмелге асырыўшы кесип алып ислеўши қурылыс бригадасы хызметкерлери менен сәўбетлесип, қурылыс жумысларының сапасы ҳәм ислеўшилер ушын жаратылған шәраятлар менен танысты ҳәм алып барылып атырған қурылыс жумыслары депутат қадағалаўына алынды.