Barcha yangiliklar
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының  депутатлары районымызда болды
Gallery image 52275
Gallery image 52276
Gallery image 52277
Gallery image 52278
Gallery image 52279
Gallery image 52280
Gallery image 52281
AMETOV SHAMURAT ALLAMURATOVICH
31 Iyul 2025
19:07

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатлары районымызда болды

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Шахноза Жолдасова районымыздағы «Бердақ» МПЖ да жасаўшы өнермент Миваш Тореназарованың шаңарағында болып, жумыс барысы менен танысты. Өнермент он жылдан аслам ўақыттан берли өз үйинде қарақалпақ халқының миллий қара үйиниң безеўлери болған баў-шуўларын таярлаў менен шуғылланып келмекте. Бүгинги күнде жумыс искерлигин кеңейтип, «Устаз-шәкирт» дәстүрин даўам етип, өз өнерин район жасларына үйретип, бәнтлигин тәмийинлеп атыр.

⚡️ Буннан соң мийманлар «Темир жол гүзары» мәҳәллесинде жасаўшы үйши уста Саламат Қобланбаевтың устаханасында болып, үйши устаның қарақалапақ халқының миллий қара үйин соғыў процесси, онда пайдаланылатуғын экологиялық жақтан таза ѳнимлер, атадан-балаға мийрас болып ѳтип киятырған үйшилик ѳнери ҳәм бул бийбаҳа ѳнердиң бүгинги күнимизге дейин жетип келиўи ҳаққында сәўбетлести.