Barcha yangiliklar
Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатларының район аймағында халық пенен ушырасылары даўам етпекте.
Gallery image 50617
Gallery image 50618
Gallery image 50619
XOJANOV ALISHER TOREBAEVICH
21 Iyul 2025
18:06

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатларының район аймағында халық пенен ушырасылары даўам етпекте.

Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеӊес депутатларының район аймағында халық пенен ушырасылары даўам етпекте. Гезектеги ушырасыўлар Қутлы мәкан мәкан пуқаралар жыйынында шѳлкемлестирилип, онда нураныйлар, көше бийлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты. Ушырасыўда депутатлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2025-жыл 10-июль күнги «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарары мазмуны, аймақты социал-экономикалық раўажландырыў, абаданластырыў илажлары, мәҳәлледе социал-руўхый орталықты саламатластырыў, кеңпейиллик ҳәм жаслар мәнаўияты, шаңарақта перзент тәрбиясы бағдарында пикир алысылды. Мәмлекетимизде халықты социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша жаңа ѳзгерислер, имканиятлар ҳәм жеңилликлер, тараўлардағы раўажланыўлар таныстырылды.